АНА ТИЛИМЕ

Жыраў сени бəйги атындай баплаған,
Шешенлер даўда шыңлап сени таплаған.
Алпамыслар уран етип урыста,
Бердақ сени қурал етип саплаған.

.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.

Байтерексең өскен гөне тамырдан,
Дилўарлығың қыл суўырған қамырдан.
Қарақалпақтың кеўил қусы сайраса,
Сөз қыйсыны ғазийнеңнен табылған.

.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.

Гүлпаршынлар баўыры оттай қамылып
Қызлар сыңсып муңын айтқан шағынып,
Сен арқалы ханды жумсап қатынлар,
Əжинияз сайраған елин сағынып.
.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.

Нақылларың, шағып көрсем, маңыздан.
Жуўабыйсаң зейин суўын ағызған.
Атам саған азаматлық жан берип,
Анам саған мийрим сүтин тамызған.

.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.
  Ырасгөйсең дурысын айтқан аңқылдап,
Саҳрайысаң қатты даўыс шаңқылдақ.
Жалған сөйлеп жағыныўды билмейсең,
Сыбырласаң ғазлар үркер ғаңқылдап.

.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.

Мен теңеймен сени жеген наныма,
Уўыз бенен руўҳың сиңген қаныма.
Ес билгели тил жатырқап көрмедим,
Бирақ сен дым жақынсаң-аў жаныма!

.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.
 
Сазға қоссам, ҳаўалаған аласар.
Илме султан сулыўлығың жарасар.
Қандай жақсы ағайинниң көплиги!
«Жақынбыз» деп саған көп тил таласар.

.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:.:. 

Ана тилим, сен - басқадан айырмам,
Сен турғанда мен де əдеўир шайырман.
Сонша қатал сүргинлерде жоғалмай,
Бул күнлерге жеткениңе қайылман.
20-сентябрь, 1970-ж.

The Author

Lorem ipsum dolor sit amet, consectetur adipiscing elit. Morbi eu sem ultrices, porttitor mi eu, euismod ante. Maecenas vitae velit dignissim velit rutrum gravida sit amet eget risus. Donec sit amet mollis nisi, nec commodo est.

ҚОСЫҚТЫ СҮЙГЕН КЕЎИЛ

«Қосық дүньяны гезип жүрип, бир күни Сырдəрьяның арғы жағындағы қарақалпақлардың үйине қонақ болыпты, - деп жазған еди қазақтың уллы алымы Шоқан Ўəлийханов өзиниң 1904-жылы Петербургта шыққан мийнетинде, - Есап-сансыз қарақалпақлар бахытлы аўылда жыйналып, қара кештен таң саз берип атқанша өзи шаршап, уйқыға жатқанша бул əжайып қонақты айттырыпты. Хош ҳаўазлы қонақтың көп ғана гүрриң-əңгимелерин, қосық ҳəм шежирелерин қарақалпақлар соннан ядына тоқып алыпты. Сонлықтан қарақалпақлар кең даланың ең бир хошҳаўаз қосықшылары болып табылады...» Сол дегендей, ҳалқымыз əзелден өз ана тилиниң ғайры- нағыс көркемлиги менен қосық шығарыўды сүйген ҳəм еле де солай. Өйткени қосык кисиниң кеўил күйин, арзыў- əрманын, қайғы-қуўанышын, өмирге болған инкарлығын, жүйрик қыялын жырлаўда теңи-тайы жоқ өнер. Қосық - халық тилиниң ең шийрин жемиси. Ол əсиресе, сулыў саз бенен, хош ҳаўаз бенен тил табысып, бир жерден ҳаўаз бере қойса адамда йошландырады да, жылатады да, жубатады да, өмирге ашық етеди, жасаўға қулшындырады. Қосық адам кеўлине жақсылық булағынан суўсын береди. Қосықты сүйген кеўилден жаманлық шықпаўы тийис. Сонлықтан қосық, бурынғылар айтқандай, бендениң жаўырны бесиктен тартып, табытқа тийгенге дейин инсанға өмирлик руўхый жолдас болып жасайды. Қосық өнерин жазба əдебиятта Европада «поэзия», Күн шығыста «шеьриат» деп атасады. Жоқары сыпатлы қосықтың тили көркем, терең сырлы, астарлы мəнили болып келеди. Мақтумқулы «Саўылды қызық базарым» десе, Бердақ «Жүгим алып кəрўан кетти» дейди. Бул қосық қатарларының мəнисин шағып көрсеңиз, 2 инсан өмириниң мəнгилик емеслигинен, өткинши дəўраннан налыш, кеўил қапашылығы аңланады. Сол айтқандай, Əжинияздың «Гузар дəрбентине қурған көшкимде дəртимди дəртлесер ҳəмдам болмады» дегени, М.Ю.Лермонтовтың «Жулдыз жулдыз бенен сəўбетлеседи» («Звезда с звездою говорит») деген қосық қатары ҳəм қайсы бир қыссадағы «Жулдыздан жол сорап, айға жетистим» деген қатар, -үшеўи де руўхый жақтан бири-бирине оғада үнлес мəниге ийе: адамзат кеўилден кеўилге жол таўып, хош мулаққат сыйласықта, бири-бирин сүйип, түсинисип жасағанда ғана өмир сулыў, ўақты хош болады, инсанлар кеўли сəўбетлесип жасаўға талпынады демекши. Қосық көркем тилли, мəни жағынан усындай қупия сырлы болса, ол адамда терең ойлар оятады, кеўилди ийгиликли сезимлер менен тербетеди ҳəм жалпы адамзаттың ортақ руўхый мүлкине айланып, узақ жасайды. Қара сөз бенен бираз жерден айландырып сүўретлеп түсиндиретуғын гəптиң мəнисин шайырлық тилде бир қатар қосық пенен бере алыў мүмкин. Мəселен, Саадий бир қосығында «Дос қəдирин билмес досты көп адам» дейди, Пəми бар киси бул сөздиң мəнисин дəрҳал-ақ аңлайды. Буны қара сөз бенен узақ тусиндириўге туўра келеди. Бирақ бул жерде прозаның орнын поэзия басады екен деп қарамаў лазым. Олардың ҳəр қайсысының руўхый мəдениятта өз орны бар. Деген менен, көркем əдебият қайсы халықта болса да поэзияның уўызын емип, шайырлық булағынан саға алатуғыны мəлим. Дүнья əдебиятындағы қара сөздиң (прозаның) уллы шеберлери Лев Толстой, Бальзак, Шолохов, Хэмингуэй, Абдулла Кадирий, Мухтар Аўезов, Шыңғыс Айтматовлар, шығарманы қосық пенен жазбаса да, шайырлық тəбияты терең дана талантлар болып, сонлықтан олардын шығармаларында, поэзия теңиздей толқып турады. Керисинше, ҳəзирги замандағы көп ғана роман, повестлердиң өмири қысқалығының ең баслы себеби - олардың дөретиўшилеринде шайырлық тəбият жетйспейди. Олар, «еринбеген етикши болар" дегендей, көпиртип көп жазып, китап шығарады, ал жазғанлары тəсирсиз болып шығады ... Сол сыяқлы, уйқасқа түскен сөздиң бəри қосық бола бермейди, ал уйқастырып қосық жазғанның бəри шайыр емес. Қосық дүньясында түрли қəлем силтеўлер ушырап турады. Биреўлер түйдек-түйдек қосықлар жазып, көп топламлар шығарып, өзин "шайырман" деп жəриялап, мақтатып, барақ нəтийжеде жəмийетшиликтиң дыққат итибарына илинбей қалып атады. Базы ўақта, қандай да белгисиз биреў қəпелимде оғада жақсы бир-еки қосық шығарыўы мүмкин. Ал бир пара талант ийелериниң бир-еки қосықлары менен ақ əдебият тарийхында терең из қалдыртуғыны болады. Мысалы, Гүлмурат шайыр «Қайраўда жалғыз ғаз», Жаңабай шайыр «Қазы ийшан», 3 «Ақсүңгил», Нурлыбай шайыр «Бала гүрең», Қыдырнияз бақсы «Өтениң соры», Избасар Фазылов «Қара қой» қосықлары менен журтшылыққа кең белгили болып қалды. Буларды айтып атырғанымның мəниси, қосықтың көркемлигин сезинип, мəнисин шағып оқыўға яки тыңлаўға жаслай өз талғамыңды тəрбиялаў керек. Дыйқаншылықтың мəнисин билетуғын адам егинди көгине қарап-ақ оның қандай зүрəəт беретуғынын айтады. Сондай, шайырлық сөзди мəзи уйқасқа түскен сылдыр сөзден айыра билетуғын боласаң. Жоқары сыпатлы қосыққа - поэзияға түсинигиңди, сезимиңди тəрбиялаў ушын əўеле халық қосықларын, дəстан ҳəм қыссаларды ықлас қойып көп оқыў лазым. Оннан кейин Бердақ, Əжиниязды, Наўайы, Мақтымқулы, Абай, Тоқай, сыяқлы түркий қосық дүньясының дана шайырларын (мүмкин қəдеринше түп нусқасынан) жалықпай, сығалап оқыў керек. Хожа Ахмед Яссаўий, Сулайман Бақырғанийдиң ҳикиметлериниң ҳасыл нусқасынан оқыў руўхыңа көп нəрсебереди. Соның менен бирге, Саадий, Ҳафиз, Омар Ҳайям, Жамийдиң шығармаларының аўдармаларын таўып оқысаң, олар да жатырған бир кең муқийт. Бирақ усылардың бəри менен бирге, европалық поэзиядан да азықланбасаң бираз жолдан қаласаң. Пушкин, Лермонтов, Байрон, Гете, Гейне, Шиллер Шекспир -буларды оқымай, шайырлық дүньясының мəңги булақларынан суўсынладым дегениң ушқары гəп болады. Ал енди ҳəзирги дəўирдеги көрнекли шайырларды болса, өз заманласың сыпатында əлбетте бəраҳама оқып барыўға туўра келеди. Олар менен бир жасап, бир ҳаўаны жутасыз ғой. Сонлықтан олар саған əлбетте ҳəммеден жақын, сениң өз кеўлиңдеги дəртиңди жырлайды. Көбиси мектеп ҳəм жойқары оқыў орынларының əдебият бағдарламаларына кирген ямаса класстан тыс оқыўда пайдаланатуғын қосықлардан ибарат болған бул жыйнақты басып шығарып отырған "Билим" баспасына миннетдаршылық билдирип оқыўшылар жəмийетшилигине шайырлық сөзди сүйиң, сонда кеўлиң йошлы, нəшели, пейлиң кең, көкирегиң жақсы сезимге бай, ҳужданың пəк, өмириң лəззетли болады демекшимен. Өмир өтер, биз қалармыз жасқада, Жулдызлар сəўбетин бузбас ҳасла да. Бул өмирдиң күн көристен басқа да, Руўҳый лəззети мазалы болар. ... Ибрайым Юсупов 18-сентябрь 1996-жыл. 4

The Author

Lorem ipsum dolor sit amet, consectetur adipiscing elit. Morbi eu sem ultrices, porttitor mi eu, euismod ante. Maecenas vitae velit dignissim velit rutrum gravida sit amet eget risus. Donec sit amet mollis nisi, nec commodo est.

About Me

[url=http://www.karstars.com/index/8-90][img]http://i019.radikal.ru/1107/85/d1ec4a3f1ecc.png[/img][/url][url=http://www.facebook.com/hasil.dos][img]http://i52.tinypic.com/o5dp8j.jpg[/img][/url][url=http://www.youtube.com/user/DosHasilbek][img]http://s43.radikal.ru/i102/1107/82/e3255b5a41d0.png[/img][/url][url=http://my.mail.ru/mail/karstars_moder/][img]http://s42.radikal.ru/i098/1107/ae/0c78472ee59e.png[/img][/url][img]http://i55.tinypic.com/fz7k8n.jpg[/img]

Submenu Section

Slider Section

Navigation-Menus (Do Not Edit Here!)